
“Қылышпазлық” спорт түри бизиң елимизге кешеӯиллеп кирип келген спорт түрлериниң биринен саналады. Усыған қарамастан университет жасларының бул спорттағы жетискенликлери үлкен табысларға баслап атыр.


Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти Генжебаев Фазылбек ҳәм Мамутов Шерзодлар 13-18 сентябрь, сондай-ақ, 2-7-ноябрь күнлери аралығында спорттың «Қылышпазлық» түри бойынша Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан кубогинде 1-орынды ийеледи.
Демек, бундай табыслардың негизинде үлкен имканият ҳәм қоллап-қуӯатлаӯлар менен спортшы жаслардың шебер таярлығы бар екенлигин айтып өтиӯ орынлы.