Студентлер «Ғазнашылық»тан түсиник алды

«Пән, билим ҳәм өндирис» интеграциясын әмелге асырыў мақсетинде университеттиң Экономика факультетиниң 1-курс «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» тәлим бағдары студентлери Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық басқармасы қәнигелери менен ушырасты.

Илажға факультет деканы Т.Жиемуратов, топар басшысы Қ.Исмайлов, С. Утегенова  Ғазнашылық басқармасы баслығы Т.Мадраимов, бөлим баслықлары А.Жиеналиев, И. Мамбетов, М.Жугинисовлар студентлерди ғазнашылық  тараўының әмелий тәреплери менен кеңнен таныстырып, Ғазнашылық басқармасы, оның атқаратуғын хызмети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында айтып өтиӯ менен бирге, бизнес субъектлериниң өнимлерин мамлекетлик сатып алыў тәртип қағыйдалары, бюджет мәкемелеринде есап жүргизиў барысы, есабатларды дүзиў тәртиби ҳаққында түсиниклер берди.

Декан орынбасары:                   Қ.Нурман

ов

Пайдалы дереклер