Бурын хабар етилгениндей Университет жаслары арасында «Коррупция ҳәм мен» шығармалар таңлаӯы өткерилип, жеңимпазлар республикалық басқышқа жоллама алған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Прокуратура, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар аўқамы, Кәсиплик тәлимди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў басқармасы тәрепинен өткерилген жасларда коррупция ҳәм басқа ҳуқықбузарлықларға қарсы аяўсыз гүресиў сезимин қәлиплестириўге қаратылған шығармалар таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент жаслары да жеңимпазлар қатарынан орын алды. Жеңимпазлар менен танысың:
Жоқары оқыў орынлары бойынша:
1-орын – Сейтмуратова Арыўхан, Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты;
2-орын – Досназарова Айгүл, Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти.
Жеңимпазларды бүгинги табыслары менен қутлықлаймыз, таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышында әўмет тилеймиз.