Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде самарқандлы  илимпазлар

            Усы жылдың 26-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Илимлер  академиясы  археология Миллий орайы  Самарқанд бөлими  илимий хызметкерлери, тарийх илимлери кандидаты Бахтияр Сайфуллаев,  Алишер Раджаповлар  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ тарийх факультетинде   болды. 

 Археология кафедрасы  баслығы Жолмурза  Ҳәкимниязов  бүгинги күнде Өзбекстанда археология тараўындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен қатар бул бағдарда кафедрада исленип атырған ислер  менен таныстырып өтти.  Буннан соӊ  Б. Сайфуллаев «Әййемги жәмийеттиӊ пайда болыӯы», А.Раджапов «Әййемги дәӯирдеги тас қураллардыӊ пайда болыӯы, турмыстағы орны»  темасында Археология қәнигелиги магистрантларына  ҳәм Археология бағдары студентлерине  Археология  илиминиң жетискенликлери, әсиресе, тас дәӯири ҳәм оныӊ изертлениӯ машқалалары менен таныстырып өтти. Бүгүнги күндеги дүнья илимпазларыныӊ ҳәм Өзбекстан илимпазларыныӊ  бул мәселелер жөнинде алып барып атырған жумысларын өзиниң презентациясы арқалы айтып өтти.

        Сабақ даӯамында студент-жаслар археология Миллий орайы  қәнигелеринен өзлерин кызықтырған сораӯларға жуӯап алыӯ менен бир қатарда илимий жумыслар ушын әҳмийетли болған мәсләҳәт ҳәм усынысларын алды. Әлбетте, бундай тәжирийбели қәнигелердиң сабақ өтиўи студент-жасларда өз қәнигелигине, илимге қызығыўшылығын және де арттырыўына исенемиз.

 

Шанияз  Палӯаниязов.

Археология бағдары,

2-курс студенти.

      

Пайдалы дереклер