Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февральдағы 56-ф-санлы Бийлиги менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында 2020-жылда халықаралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар режесине тийкарланып, усы жылдың 24-декабрь күни Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебинде «Санлы экономика: Өзбекстанды раўажландырыў келешеги ҳәм жәҳән әмелияти» темасында халықаралық илимий-әмелий онлайн конференциясы өткерилиўин хабар беремиз.
Илимий-әмелий конференцияда талқыланатуғын темалар:
- Санлы экономика шараятында корпоратив басқарыў: әмелдеги жағдайы ҳәм раўажланыў келешеклери.
- Санаат 4.0 революциясы шараятында санлы бизнес стратегиялары ҳәм моделлери.
- Бизнес ҳәм исбилерменликтиң санлы көнликпелерин раўажландырыў ҳәм камбағаллықты кемейтиўдиң үстин туратуғын бағдарлары.
- Санлы трансформацияласыў шараятында электрон тижарат ҳәм санлы маркетинг.
- Жойбар басқарыўына санлы технологияларды енгизиў жоллары.
Конференцияға мақала ҳәм тезислер өзбек, инглис, рус тиллеринде усы жылдың 14-декабрь күнине шекем жоқары мектеп (conference@rgsbm.uz) тәрепинен қабыл етиледи.
Байланыс ушын телефонлар : 71 239-03-05; 239-03-02; 239-03-17, Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби.