ДАҒАЗА!!!

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февральдағы 56-ф-санлы Бийлиги менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында 2020-жылда халықаралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар режесине тийкарланып, усы жылдың 24-декабрь күни Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебинде «Санлы экономика: Өзбекстанды раўажландырыў келешеги ҳәм жәҳән әмелияти» темасында халықаралық илимий-әмелий онлайн конференциясы өткерилиўин хабар беремиз.

            Илимий-әмелий конференцияда талқыланатуғын темалар:

  1. Санлы экономика шараятында корпоратив басқарыў: әмелдеги жағдайы ҳәм раўажланыў келешеклери.
  2. Санаат 4.0 революциясы шараятында санлы бизнес стратегиялары ҳәм моделлери.
  3. Бизнес ҳәм исбилерменликтиң санлы көнликпелерин раўажландырыў ҳәм камбағаллықты кемейтиўдиң үстин туратуғын бағдарлары.
  4. Санлы трансформацияласыў шараятында электрон тижарат ҳәм санлы маркетинг.
  5. Жойбар басқарыўына санлы технологияларды енгизиў жоллары.

 Конференцияға мақала ҳәм тезислер өзбек, инглис, рус тиллеринде усы жылдың 14-декабрь күнине шекем жоқары мектеп (conference@rgsbm.uz) тәрепинен қабыл етиледи.

            Байланыс ушын телефонлар : 71 239-03-05; 239-03-02; 239-03-17, Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби.

Пайдалы дереклер