Қарақалпақ тилине мәмлекетлик бийлик берилгенлигиниң 31 жыллығына бағышланып университетимизде «Ана тилим сен- басқадан айырмам» атамасында илимий-әмелий әнжуман болып өтти.
Әнжуманды университеттиң жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры С.Алаӯатдинов ашып берди. Ол өз сөзинде мәмлекетлик тилдиң илим-пән сыпатындағы абырайын арттырыӯ, мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаӯ, оны байытып барыӯ ҳәм студент жасларымыздың сөйлеӯ мәдениятын арттырыӯ бағдарындағы жуӯапкерли мәселелерге тоқтап өтти.
Бүгинги илимий-әмелий әнжуманда университеттиң бир қатар профессор оқытыӯшылары баянат жасап, миллий мақтанышымыз болған ана тилимиздиң қәдир-қымбаты менен келешектеги раӯажланыӯына ҳәр тәреплеме баҳа берди. Быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәмлекетлик тилди раӯажландырыӯ департаменти шөлкемлестирилгенлиги қуӯанышлы жағдай екенлигин айта келип, жәмийетимизде тилден пайдаланыӯда ушырасып атырған айырым машқалалы жағдайларға итибар қаратты.
«… Айырым жағдайларда көпшилик жаслар арасында «бизлер тилши емеспиз» яки «бизлердиң тараӯымыз басқа» деген пикир қәлиплесип, ана тилинде бар болған сөзлерди орынлы қолланыӯдай жуӯапкершиликтен өзлерин алып қашып атырғанлығының гүӯасы болып атырмыз. Дурыс қолланса да мейли, ал, негизги қарақалпақ тилиндеги аӯдармасын билмей турып, керексиз орынларда орынсыз қоллана бериӯи аянышлы жағдай. Бул да адамлар арасында ҳәм саӯатсызлықтың, ҳәм тилллик мәденияттың әсте-ақырын жоқ болып баратырғанынан дерек береди»,-деп атап өтти өз баянатында филология илимлериниң докторы, профессор М.Қудайбергенов.
«…Назаримизда, тил эгаларининг масъулиятсизлиги, янада аниқроқ қилиб айтганда, «яширин қӯрқуви» натижасида муайян муддат ӯзбек тили ҳам, қорақалпоқ тили ҳам ёт бирликлар, илмий асоссиз калькалар учун «очиқ майдон»га айланиб қолди.Четдан кираётган сӯз ва атамаларни назорат қилувчи орган бӯлмаганлиги боис тилди кӯплаб ғализликлар пайдо бӯла бошлади. Аслида бу вазифа биринчи навбатда биз тилшуносларнинг, шунингдек, журналистларнинг, оммавий ахборот воситалари ходимлари, қолаверса, барча тил эгаларининг зиммасидаги иш бӯлса да «қӯрқув» ва эътиборсизлик, давлат томонидан ҳукуқий ҳимоянинг кафолатланмаганлиги тилимизни кундан-кунга бузилишга сабабчи бӯлиб келди..», деп баянатында келтирип өтти филология илимлериниң кандидаты, доцент Ф.Бабажанов.
Бунда сөзге шыққан баянатшылар ана тилимиздиң ертеңги раӯажланыӯы ҳәм тил сиясатын жетилистириӯ сыяқлы мәселелерге айрықша тоқтап өтти.
Әнжуман соңында университетимиздиң талантлы студент жаслары тәрепинен таярланған байрам концерти жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Баспасөз хызмети





