Профилактикалық жумыслар даўам етпекте

Елимизге қыс мәўсими кирип келгеннен баслап, түрли аймақларда жасап атырған пуқаралардың тәбийий газ ҳәм ысытыў үскенелеринен пайдаланыўға деген талаплары күннен-күнге артып бармақта. Үй-жайларды ысытыўшы насаз үскенелерден пайдаланыў ақыбетинде түрли кеўилсиз жағдайлар жүз бермекте. Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде усы жылдың 6-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Жаслар аўқамы белсендилери, университетте әскерий усыныснама тийкарында оқып атырған студентлер ҳәм кеўилли жаслары менен қаламыздың бир қатар аймақларында түсиндириў жумыслары алып барылды.

Студент-жаслар пайтахтымыздың 21-22 ҳәм 23-киши районлар, бир қатар МПЖ аймақларында болып, насаз үскенелер, итибарсызлық ақыбетинде келип шығып атырған кеўилсиз жағдайлар, олардың аўыр ақыбетлери ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды ҳәм пуқаралардың жасаў жағдайлары үйренилип шығылды.

Тараў хызметкерлери пуқаралардың үйлерине кирип, олардың газ ҳәм котёлларын, электр ысытқыш үскенелерин көзден өткерип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тараў қәнийгелери орынларда болып, пуқараларға арнаўлы профилактикалық  тарқатпа материаллар берилди.

Бундай профилактикалық-түсиндириў жумыслари пайтахтымыздың бәрше аймақларында даўам етеди.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы ҳәм

Журналистика факультетиниң 2-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер