Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «10-декабрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни» қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы салтанатлы жағдайда белгиленди.
Байрам илажы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң жаңлаӯы менен басланып, жасларымыздың көксине қойылған қолы бул Ӯатанның садық перзенти екенлигин дәлиллеп берип турғандай еди.
Байрам илажында университеттиң жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры С.Алаӯатдинов сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң халқымыз турмысындағы әҳмийетине тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни – ана Ўатанымыз бенен мақтаныўға, оны сүйиўге, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеўге, буннан да жоқары шыңларды ийелеўге шақырады.
Мәмлекет суверенитетиниң тымсалы-гимнимиздиң сөзи де, намасы да жасларымыз қәлбинде жоқары Ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтиӯши күшке ийе десек орынлы болады.
Ҳақыйқатында да, уллы халықтың мәңги мақтанышы болған қосығы ана Ўатанымызды мақтаныш етиўге, оны жақсы көриўге, ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеўге, буннан да жоқары шыңларды ийелеўге шақыра береди!
Университетте болып өткен бул илажда студент жасларымыз Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң қәдир-қымбатын ҳәм әҳмийетин және де тереңирек уғынды.