Гимн – бул ҳәр бир миллеттиң өтмиш тарийхы, ата-бабалары, бүгинги күни ҳәм келешегин мақтаныш пенен айтатуғын қосық есапланады. Мәмлекетлик гимнимиздиң 28 жыллығы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Математика факультетинде «Улуғ халқ қудрати жўш урган замон» атамасында «Заковат» ойынлары өткерилди. Онда факультеттиң 1-2 ҳәм 3-курс студентлеринен дүзилген 13 команда қатнасты.
Таңлаў жеңимпазлары факультет деканаты тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

«-Бүгинги өткерилген «заковат» ойынына қатнасқанымнан қуўанышлыман. Себеби, ойынға қойылған сораўлар билимлеримди және де жетилистирди. Биз билген ҳәм билмеген, ядымыздан көтерилген мағлыўматларды қайта өзлестирдик. Таңлаўдың мақсети де сол. Яғный студентлердиң сабақтан тыс ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм билимлерин асырыў. Мен ойлайман, таңлаў өз мақсетине еристи», – дейди таңлаў қатнасыўшысы болған студент өзиниң тәсирлери менен бөлисип.
Сарсенбаев Қуўатбай,
Математика факультети жаслар аўқамы жетекшиси.
