Күннин екинши ярымында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстанның Франция мәмлекетиниң елшиси Рустамбаев Сардор Мирзаюсупович пенен ушырасыў болып ѳтти.
Университет ректоры А.Реймовтың басшылығында Франция мәмлекетиниң елшиси менен әҳмийетли бағдардағы мәселелер әтирапында пикир алысып, биргеликте ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойысты.
Өзбекстанның Франция мәмлекетиндеги елшиси сәўбетлесиў барысында университеттиң Шет тили факультетинде француз тилин екинши шет тили сыпатында оқытыў бойынша пикир-усынысларын айтып, биргеликте илимий жумысларды алып барыўда жақыннан жәрдем беретуғынлығын билдирип ѳтти.




