Академик, жазыўшы Ҳүсниддин Ҳамидовтың 85 жыллығына бағышланған илимий–теориялық конференция

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, академик, жазыўшы Ҳүсниддин Ҳамидовтың 85 жыллығына бағышланған илимий– теориялық конференция болып ѳтти.

Бул илимий–теориялық конференцияны ѳзиниң кирис сѳзи менен ашып берген университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев илимий конференцияның әҳмийетин жоқары баҳалап, бул- илимге бағышланған ѳмирди улығлаў десек орынлы болады, деп атап ѳтти.

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты ҳәм шығып сѳйледи.

Буннан соң баянатшылар сѳзге шықты. Олардан:

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими президумы баслығы, академик Нағмет Айымбетов “Ҳүсниддин Ҳамидовтың илимий – педагогикалық хызметлери”, Қарақалпақ мәмлекетлик университеттиң “Қарақалпақ тил билими” кафедрасы профессоры Шамшетдин Абдиназимов “Қарақалпақ тили билиминиң көрнекли ўәкили”, университеттиң «Қарақалпақ әдебияты» кафедрасы профессоры Қурбанбай Жәримбетов «Академик Ҳүсниддин Ҳамидов – әдебиятшы», Нөкис мәмлекетлик педагогика институты «Қарақалпақ әдебияты» кафедрасы баслығы профессор Кеңесбай Алламбергенов «Ҳ.Ҳамидовтың  әдебий – көркем дөретиўшилигиниң өзгешелиги» атамасындағы баянатлары менен қатнасты.

Буннан соң филология илимлериниң докторы, профессор Сарыгүл Бахадырова, университеттиң «қарақалпақ әдебияты» кафедрасы профессорлары Қуўанышбай Оразымбетов, Пердебай Нуржанов, Қарақалпақстан Республикасы мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бахауатдинов, филология илимлериниң докторы Жалғас Хошниязов, Қазақстан Республикасы, Алматы қаласы, Шет тиллери университети кафедра баслығы Шолпан Қудияровалар сѳзге шықты.

Конференция даўамында сѳзге шыққанлар  академик Ҳ.Ҳамидовтың жазып қалдырған мийнетлери илимге қосылған үлкен үлес екенлигин тилге алды ҳәм оның исми, илимде жаратқан мектеби келешек тарийхта бийбаҳа мийрас болып қалатуғынлығын атап ѳтти.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер