Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм район секторларында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажилиске ҳәм халыққа Мүрәжаатнамасының мазмун ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған үгит-нәсиятлаў илажларын алып барыў режелестирилип, бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларының қатнасында ѳткерилген ушырасыўда Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажилиске ҳәм халыққа жоллаған Мүрәжаатнамасында атап ѳтилген ўазыйпалар барысында пикир алысты.
Мүрәжаатнаманың мазмунын ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў бойынша ѳзлерине жаңа ўазыйпалар белгилеп алды.

