Биология факультетинде «Ўатан қорғаўшылары» менен ушырасыў

Елимиздиң бүгингидей раўажланыўы, халқымыздың абадан турмыста жасаўы, ең тийкарғысы, аспанымыздың ашық, уйқымыздың тыныш болыўы, ҳеш нәрседен қорқпай, келешек ҳаққында уллы режелер дүзип, сол режелерди әмелге асырыў жолында тынбай мийнет етип атырғанымыздың барлығы да бир нәрсе – тынышлықтың нәтийжеси есапланады. Тынышлық, парахатшылық ҳүким сүрген жерде турақлылық, раўажланыў ҳәм абадан турмыс болады.

14-январь Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен 15-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетинде Арқа батыс әскерий округинан потполковник Д.Исроилов, киши сержант А.Динаевлар өзиниң «Мәртлик» ушырасыўында 14-январь Өзбекистан Республикасы Қураллы күшлериниң дүзилиўи, мақсет-ўазыйпасы ҳәм әҳмийети ҳәм студентлерге өрнек болатуғын турмыслық тәжрийбелери ҳаққында да түсиндирип өтти. Ушырасыўға факультет профессор-окытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты. Ушырасыўды факультет Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ж.Муйнакбаев баскарып барды.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң шөлкемлестирилгенине 29 жыл толыў мүнәсебети менен «Ана ўатанды қорғаў» «Халық исенимин ақлаў» «Тынышлық ушын гүресиў керек», «Армия мениң мақтанышым», «Ўатанды қорғаў муқаддес бурыш», «Ўатанды мәрт перзентлер қорғайды» темаларында сәўбетлесиў алып барылды. Содай ақ, бул ушырасыўда студент жаслар өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм өз пикирлер билдирди.

Ушырасыў соңында факультет Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ж.Муйнакбаев ўатанымыз қорғаўшыларына үлкен миннетдаршылық билдири ҳәм факультет профессор-оқытыўшыларынан С.Сейтназаров, И.Арепбаев ҳәм студент жасларымыз сөзге шығып, қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады.

 

 

Факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары

Жалғасбай МУЙНАКБАЕВ

Пайдалы дереклер