Усы жыл 16-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдинов кирис сѳзи менен ашып берди.
Университет профессор оқытыўшыларының қатнасында ѳткерилген ушырасыў барысында Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында айрықша атап ѳтилген илим ҳәм билимлендириў тараўындағы ўазыйпалар кеңирек сѳз етилди.
Биз дүнья илим-пәни, инсаният цивилизациясы раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан уллы бабалар әўлады екенимизди ҳеш қашан умытпаўымыз лазым. Бар күш ҳәм имканиятларымызды, илимий потенциалымызды ана-журтымыз раўажына, халқымыз пәраўанлығын тәмийинлеўге жумсаў бизиң әдиўли ўазыйпамыз, деп атап ѳтти Мүрәжатты үгит-нәсиятлаў топары белсендилери.
-Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатин үрениў оғада әҳмийетли. Бунда илим тараўында түпкиликли бурылыс болатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген. Ҳақыйқатында да ѳзим жас алымлардың бир ўәкили сыпатында буған шын жүрегим менен жуўап бериўге таяр екенлигимди айтқым келеди, себеби жас алымлар ушын жақсы имканиятлар берилип атыр. Мүрәжатнаманың мазмунын ҳәм әҳмийетин халыққа дурыс жеткериў ҳәр бир пуқараның әдиўли ўазыйпасы деп ойлайман,-дейди Тарийх факультетиниң асиссент оқытыўшысы Толыбаев Мурат.
Демек, профессор оқытыўшыларымыз арасында Мүрәжаттың үгит-нәсиятланыўы ҳақыйқатында да жақсы басламаларға тийкар жаратып береди десек орынлы болады.
