Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент жаслар менен биргеликте ѳткерилген бүгинги ушырасыўда үзликсиз билимлендириў системасында билимлендириў сапасын қадағалаўдың әҳмийети ҳаққында сѳз етилди.
Ушырасыўға Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билим сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығы У.Тошкенбаев қатнасып, студент жасларға билим сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының алып барып атырған жумыслары ҳаққында кең түсиник берип ѳтти.
Ушырасыў барысында бүгинги күнде илим ҳәм технология раўажланып атырған бир пайытта Халықаралық стандартқа жуўап беретуғын қәнигелерди таярлап бериў, бунда жетик қәниге таярлаў ушын бүгинги имканиятлардан толық пайдаланыў, ҳәр бир қәнигеге болған талаптан келип шығып оқыў бағдарламаларын таярлаў, ислеп шығарыў менен билим бериўдиң байланысы, студентлердиң илимди терең ийлеўи ҳәм билимлендириўдеги соңғы жаңалықлар ҳаққында пикир алысты.
Ушырасыўға Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билим сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан бѳлими баслығы И.Қунназаров қатнасты ҳәм шығып сѳйледи.
Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдинов алып барды.
Студент жаслар ѳзлериниң пикир-усынысларын билдирип, шығып сѳйледи.

