Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында «Сөз мүлкиниң султаны» атамасында уллы шайыр А.Наўайының туўылғанына 580 жыл толыў мүнәсибети менен әдебий кеше шөлкемлестирилди. Кешеге Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент-жаслары ҳәм де «Китапқумарлар» клубы ағзалары белсене қатнасты.
Кешени Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайы Оқыў залы сектор баслығы Б.Өтениязова ашып берди. Ол өз сөзинде А.Наўайы өмири ҳәм дөретиўшилигине тоқтап өтип, китапхана орайы фонды Наўайы дәстанлары ҳәм ғәзеллерине бай екенлигин айтып өтти.
Кеше соңында «Китапқумарлар» клубы ағзалары А.Наўайы ғәзеллерин оқып берди ҳәм кеше қызықлы болып өтти.

Айнура Оразбаева,
«Китапқумарлар» клубы жетекшиси.
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети
2-курс студенти.