Пүткил түркий халықлар жылнамасында өзиниң мүнәсип орнына ийе шайыр мийрасы улығланды

Өзбек классикалық әдебиятың тийкарын салыўшы Әлийшер Наўайы әдебий мийрасы заманлар өтиўи менен де ҳеш қандай өзиниң қунын жойтпастан жаңаланып бара береди. Сонлықтан да, оның дөретпелери тек ғана өзбек әдебиятында емес, ал, пүткил түркий халықлар жылнамасында өзиниң мүнәсип орнына ийе, деген пикирлер менен басланған илимий-әмелий әнжуманда уллы ойшыл шайыр Әлийшер Наўайының ѳмир жолы және бир мәрте улығланды.   

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Әлийшер Наўайының туўылғанына 580 жыл толыўы мүнәсибети менен «Әлийшер Наўайы мийрасы – руўхый-ағартыўшылық қәдриятларымыз тийкары» атамасындағы илимий-әмелий әнжуман болып ѳттти.

-Наўайы бабамыз қалдырған уллы мийраслар қанша әсирлер өтсе де зыя нурын таратып, жасларымыз қәлбине руўхый азық береди. Оның шығармалары  ҳәм өмир жолы  бәрҳама жасларымызға сабақ болып келмекте, -деп Наўайы мийрасларының жаслар тәрбиясындағы әҳмийетине жоқары баҳа берип, әнжуманды кирис сѳзи менен ашып берди университет ректоры А.Реймов.

Илимий әнжуман барысында Әлийшер Наўайы мийраслары – руўхый-ағартыўшылық қәдриятларымыз тийкары екенлигин терең аңлатыўшы баянатларға нәўбет берилип, олар мазмунлы  пикирлери менен бѳлисти. Олардан;

 Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, филология илимлериниң докторы, Қурбанбай  Жаримбетов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы Кенесбай Каримов, Ѳзбекстанда хызмет кѳрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Шарапатдин Аяповлар Наўайы дѳретиўшилигиниң әҳмийети ҳәм Түркий халықлар әдебияты раўажланыўында шайыр мийрасының орны ҳаққында кеңнен тоқтап ѳтти.

Буннан соң университеттиң Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы ф.ф.д.(DSc) О.Гайлиева «Әлийшер Наўайы ҳәм түркмен әдебияты»,  Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы Ш.Смамутова «Ҳәзирги қазақ поэзиясында Әлийшер Наўайы дѳретиўшилик дәстүрлери»,  Ѳзбек тил билими кафедрасы доценти, ф.ф.ф.д.(PhD) Н.Киличов «Әлийшер Наўайы –салыстырмалы тил билими тийкаршысы» атамасындағы баянатлары менен қатнасты.

Наўайы дѳретиўшилигин жасларымыздың терең үйрениўи мақсетинде университет кѳлеминде шѳлкемлестирилген таңлаў жуўмағы бойынша жеңимпазлар сыйлықланды.   

Әнжуман мушайра менен даўам етти. Мушайра бѳлиминде университет студентлериниң Наўайы дѳретпелерин кѳркемлеп ядтан оқыўы ҳәммеде үлкен қызығыўшылық оятты.

 Сахнаға И.Юсупов атындағы дѳретиўши мектеп оқыўшыларының шығыўы менен Наўайы қосықлары жаңлады. Олар шайыр дѳретиўшилигинен үзиндилер оқып берди.

Наўайы мийрасларының уллылығын кѳрсетип берген бул илимий әнжуман студент жасларымыз ушын руўхый азық бере алды.

                                                                                                                                                                                                              ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

 

Пайдалы дереклер