Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллери факультетинде студент жаслар менен ислесиў жақсы жолға қойылған. Студентлердиң руўхый-психологиялық жағдайларын үйрениў ҳәм депрессияның алдын алыў бойынша проектив тест өткерилди, соңынан тренинг шөлкемлестирилди .
Тренинг мақсети студентлердиң руўхый-психологиялық жағдайларын жақсылаў, депрессияның алдыналыў болып табылады. Айнала формасында жыйналған барлық студентлер баслаўшы психолог тәрепинен берилген көрсетпе тийкарында бир-бирине ең жақсы тилеклерди избе-изликте, тәкирарланбаған түрде айтып өтти. Соңынан, топарда жыллы психологиялық климат сезиле баслады ҳәм тренингде екинши этапқа өтти. Бунда психолог тәрепинен ҳәммеге избе-излик пенен өмириндеги ең қуўанышлы мәўритлерден мысал келтириўи ҳәмде изинен шүкиршилик келтирилиўи усыныс етилди, тапсырма орынланғаннан соң пикирлесиў даўамында студентлер өзлерин унамлы, позитив кейпиятқа ийе болғанлығын, тез-тез усындай тренинглер өткерилип турылыўы тәрепдары екенлигин билдирди.
Тренингти университет психологы Г.Реймбаева өткерди, оған факультеттиң 2-курс студентлери ҳәм топар басшылары қатнасты.
