“Жәҳән цивилизациясы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур әдебий мийрасы” атамасындағы илимий-әмелий конференция

Уллы мәмлекетлик искер Заҳириддин Муҳаммед Бабур юбилейиниң 538 жыллығына бағышланған “Жәҳән цивилизациясы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур әдебий мийрасы” атамасындағы илимий-әмелий конференция болып ѳтти.

 Ѳзбек классик әдебиятының ири ўәкили, уллы шайыр, тарийхшы, географ, мәмлекетлик искер, талантлы сәркарда, бабурыйлар әўлады тийкаршысы Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанына 538 жыл толыўы мүнәсибети менен ѳткерилген илимий әнжуманды университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С. Алауатдинов алып барды.

Университет проректоры кирис сѳзинде Заҳириддин Муҳаммед Бабур мийрасларын бүгинги кѳз-қарастан үйрениўдиң әҳмийетине тоқтап ѳтти.

 -Тарийхта из қалдырған уллы тулғалардың туўылған күн сәнелерин салтанатлы жағдайда белгилеп ѳтиўдиң әҳмийети жаслар тәрбиясы ушын оғада жоқары. Ѳйткени уллы тарийхый тулғалардың ѳмир жолы, илим ҳәм дѳретиўшилик жолындағы мийраслары бизиң ҳәр биримиз ушын руўхый азық, әсиресе бүгин биз туўылған күн сәнесин белгилеп атырған уллы шахс Заҳириддин Муҳаммед Бабур мийрасларын жасларымыз ҳәр тәреплеме изертлеп үйренсе мақсетке муўапық болады, деп атап ѳтти.

Илимий әмелий әнжуманға Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен мәденият хызметкери Әбилқасым Ѳтепбергенов қатнасып, Заҳириддин Муҳаммед Бабур  ҳәм қарақалпақ классикалық поэзиясы дәстүрлери ҳаққында айтып ѳтти.

Буннан соң университеттиң «Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  тарийхы» кафедрасы оқытыўшысы Бағила Тажетдинова, Ѳзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти, ф.и.к. Гүлнара Авезовалар баянат жасап, уллы тарийхый тулғаның Орайлық Азия мәденияты раўажланыўында тутқан орны, «Бабурнама» шығармасының  илимий-әдебий дерек сыпатындағы әҳмийетине тоқтап ѳтти.

Бул илимий конференция студент жаслар ушын руўхый азық бере алғанлығы менен әҳмийети жоқары болып есапланады.

                                                                                                                                             ҚМУ Баспасѳз хызмети.

Пайдалы дереклер