Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультетинде 2021-жыл, 14-февраль күни студент-жаслардыӊ оқыўы ҳәм тәрбиясы бойынша ата-аналар менен бирге ислесиўди және де жақсылаў, олар менен үзликсиз байланысты тәмийнлеў мақсетинде “Ата-аналар күни” атамасындағы ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда факультет деканы, декан орынбасарлары, кафедра баслықлары, топар басшылары ҳәм ата-аналар менен бирге студентлердиң оқыў ҳәм тәлим-тәрбиясына байланыслы мәселелер көриледи, олардың пикир ҳәм усыныслары талқыланды.
Сондай-ақ, өткерилген Ата-аналар күнинде сабақларды жақсы өзлестирип жүрген, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасып, өткерилген ҳәр түрли таңлаўда жеңимпаз болған студент-жасларды үлги етип көрсетип ҳәм олардың ата-аналарына Университет ректоры атынан «Алғыснама» берилди.


Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары С.Нурниязов