Самарқанд ўәлаятының «Жаслар орайы»нда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен өткерилген «Жыл студенти-2020» таңлаўының Республикалық басқышы жеңимпазлары сыйлықланды. Олар арасында университетимиздиң Дене мәденияты факультети 4-курс ҳаял-қызлар спорты қәнигелиги студенти Дәрменбаева Клара Азатбай қызы «Жылдың ең белсенди спортшысы» номинациясы бойынша жеңимпаз атанды.
Мағлўмат орнында келтирсек «Жыл студенти-2020» таңлаўында «Жылдың ең белсенди спортшысы» атанған Дәрменбаева Клара Азатбай қызы спорттың Самбо түри бойынша 3 мәрте Жәҳән чемпионы есапланады.
Темирханов Нурсултан
ҚМУ студенти.