ИЛИМПАЗДЫҢ ЮБИЛЕЙИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Усы жыл 20-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Бахтияр Абдикамаловтың туўылғанлығының 70 жыллығына бағышланған руўхый ағартыўшылық илаж болып ѳтти.Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сѳйлеп, юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен “Ардақлы нураний” кѳкирек белгиси менен сыйлықланған еди. Илажда усы сыйлық салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Буннан соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов ҳәм республикамыздағы жоқары оқыў орынларының басшылары, кәсиплеслери ҳәм заманласлары сѳзге шығып, илим жолындағы табыслары менен үлгили шаңарағы ҳаққында тоқтап ѳтип, 70 жыллығы менен қутлықлады.

Қутлықлаўларда атап ѳтилгениндей, Б.Абдикамалов тәрепинен тоқсаннан аслам илимий ҳәм илимий-методикалық мақалалар, китаплар баспадан шығарылды. Уллары Ерназар менен Асқар өзлериниң тараўы болған теориялық астрофизика бойынша дүньяға белгили алымлар дәрежесине жетти, қызы Азиза 2018-жылы техника бойынша философия докторы илимий дәрежесин алды ҳәм ол ҳәзирги ўақытлары Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң докторанты болып табылады.

Б.Абдикамаловтың жеке өзгешеликлери – өзиниң хызмет бабындағы ўазыйпаларын, тапсырылған ислерди орынлаўда теперишлик көрсетиў ҳәм дөретиўшилик қатнас жасаў, барлық ўақытлары басламалар көтериў, өз әтирапына жарқын келешекке ийе, талантлы жасларды тартыў. Университеттиң ҳәм Нөкис қаласындағы «Шайырлар аўылы» мәкан пуқаралар жыйыны нураныйлар жәмәәтлик кеңесиниң баслығы сыпатындағы оның көп жыллар даўамындағы жумысларының барысында нураныйларды, соның менен бирге жәрдемге мүтәж болған хызметкерлерди және басқа да пуқараларды социаллық жақтан қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ислеринде үлкен жетискенликлерге еристи.  Республиканың билимлендириў системасы менен университеттиң мийнет жәмәәти алдындағы жоқары абыройы оның өз хызметлерин атқарыўдағы жоқары санасы ҳәм мәденияты менен байланыслы.

 Ол өтмишимиздиң ең ири ўәкиллеринен болған Әл Беруний ҳәм Мырза Үлығбек, олардың илимий мийраслары ҳаққында көпшиликке мәлим мийнетлердиң авторы болып табылады.

Б.Абдикамалов баслаған қарақалпақ әдебияты шығармаларының электронлық версиясын ҳәм сәйкес электронлық мағлыўматлар базасын дөретиў, оларды халықаралық Интернет тармағына қосыў ислери халықтың мәдений ҳәм руўҳый турмысында оғада әҳмийетли орынды ийелейди. Соның менен бирге оның ҳәр қандай сәнелерге, жаслар тәрбиясы, музыка, көркем өнер, соның ишинде шайыр И.Юсуповтың дөретиўшилик мийнетлерине байланыслы болған ғалаба хабар қуралларындағы жарық көрген мийнетлери, әсиресе Қарақалпақстан телевидениесиндеги, басқа да орынлардағы шығып сөйлеўлери халықтың кеўлинде үлкен унамлы тәсирлерди қалдырды.

2001-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағын алды.

2002-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.

2018-жылы III дәрежели «Меҳнат фаҳрийи» көкирек нышаны берилди.

2020-жылы ол «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағын алыўға миясар болды.

Бул әпиўайы мағлыўмат емес, ҳәр бириниң артында тынымсыз мийнет, илимий изленислер, толғаныслар жатырғанлығын бул процессти басынан ѳткергенлер ғана жақсы биледи.

Кешеде Бахтияр Абдикамалов шығып сѳйлеп, үлкен миннетдаршылық билдирди.

«Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған жаңа фильм Б.Абдикамаловлар шаңарағы ушын үлкен саўға еди. Профессордың ѳмир жолына бағышланған «Мийўалы дарақ» ҳүжжетли фильминде устаздың пидайы келбети ашып берилген.

Ҳақыйқатында да жаслар ушын тәрбия мектеби боларлық ѳмир жолына ийе ҳүрметли устаз ҳәр биримиздиң мақтанышымыз.

 

 

                                                                                                                                          ҚМУ Баспа сѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер