УНИВЕРСИТЕТ МАГИСТРАНТЛАРЫ «ҲУҚЫҚТЫ ҚОЛЛАЎДЫҢ БИРДЕН-БИР ӘМЕЛИЯТЫ» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ

2021-жыл 23-февраль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясы юридиклық жоқары оқыў орынлары юридикалық қәнийгеликлер бойынша тәлим алып атырған магистрантлар арасында ҳуқықты қоллаўдың бирден-бир әмелиятты бойынша январь-февраль айларында болып өткен бес басқышлы 1-республика таңлаўында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети магистрантлары Б.Ермекбаев, С.Утебаев, А.Сарсенбаев, Ф.Романов ҳәм И.Қурбанбаевлар қатнасып 1-орынды алыўға еристи.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистрантларынан тысқары таңлаўда Ташкент мәмлекетлик юридика университети, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети, Бас прокуратура академиясы магистрантлары да қатнасты.

Буннан тысқары усы таңлаўда «Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқык ҳәм басқарыў» кафедрасы баслығқ, ю.и.к., доц. М.Утепбергенов ҳәм «Жынайый ҳуқықый ҳәм пуқаралық ҳуқықый пәнлер» кафедрасы баслығы, ю.и.к., доц. М.Нажимовлардың басшылығындағы магистрантлар «Ең жақсы анализ» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылып сертификатлар алыўға еристи.

 

Пайдалы дереклер