Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў “Улуғбек” фонды тәрепинен профессор-оқытыўшылар, докторантлар ҳәм зийрек студентлер ортасында биринши ҳәм екинши Ренессанс дәўири ҳәм жетискенликлери, жаңа Ренессанс фундаментин жаратыў мәселелерине байланыслы илимий мақалалар таңлаўы өткерилиўин хабарлаймыз.
Ең жақсы деп табылған мақалалар топлам формасында басып шығарылады.
Мақалаларыңызды усы жылдың 13-март күнине шекем 90 6537491 телеграмм номерине жибериўиңизди сораймыз.
Тийисли жөнелислер ҳәм мақалаларды рәсмийлестириў талаплары мағлыўмат формасында қосымша етиледи.
Зийрек студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шѳлкемлестириў бѳлими