Усы жылдың 1-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде сиясий партиялар ҳәм олардың хызметин сәўлелендириўге қәнигелескен ҒХҚ ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердеги партия топарлары ағзаларын оқытыў бойынша қәлиплестирилген Республика тренерлери ҳәм аймақлық тренерлер тәрепинен шѳлкемлестирилген арнаўлы оқыў курсына республикамыздың жоқары оқыў орынларынан тыңлаўшылар қатнасты.

Тыңлаўшылар үш топарға бѳлинип, тренерлер тәрепинен оқыў курсы даўамында Жаңа Ѳзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун ҳәм әҳмийети кеңнен түсиндирилип, Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатнамасының мазмун-әҳмийети, Ѳзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети, «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының тийкарғы жѳнелислери, демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм мәмлекетти модернизация етиўде сиясий партиялардың ролин және де күшейтиў мәселелери әтирапында түсиниклер берилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий мәжилис Сенаторы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов қатнасты.
Оқыў курсы тыңлаўшылары ушын барлық зәрүр шараятлар толық жаратылды. Аймақлық штаб баслығы тәрепинен оқыў курсын ѳткериў менен байланыслы барлық шѳлкемлестириў процесслери жоқары дәрежеде алып барылды.