ТАРИЙХЫЙ ҲӘМ МӘДЕНИЙ ЕСТЕЛИКЛЕР МЕНЕН ТАНЫСТЫҚ

Факультетимизде студент жаслардың ўақтын мазмунлы ѳткериўге айрықша итибар қаратылған. Олар усындай пайытта елимиздиң тарийхый орынларына саяхат етип, тарийхый ҳәм мәдений естеликлер менен танысады.

Жақында биология факультетиниң биология қәнигелиги 2-«с» топар студентлери топар басшысы Айдос Жанабаевтың басшылығында Хийўа қаласына ҳәм Қарақалпақстанның тарийхый орынларына саяхат шѳлкемлестирдик.

Тарийхый орынларға саяхат етиў арқалы студент жасларымыз кѳплеген мағлыўматларға ийе болды.

Елимизде усындай тарийхый қалалар менен мәдений естеликлердиң барлығы бизлерде мақтаныш сезимин және де пайда етти. Ақыры, бизиң елимизге усы тарийхый қалаларды кѳрип, тамашалаў ушын сырт елден қанша туристлер келип атыр. Ең баслысы биз жаслар ѳзимиздиң тарийхымызды терең аңлап жетип, бундай мәдений мийрасларды қәдирлеп билиўимиз керек.

Саяхат даўамында бизлер усындай түсиникке ийе болдық.

Саламат НИЗАМАТДИНОВ,

Биология факультетиниң

биология қәнигелиги 2-«с» топар студенти.

 

 

Пайдалы дереклер