Усы жылдың 17- март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ѳзбекстан Халық шайыры, Ѳзбекстан Республикасы мәмлекетлик гимниниң авторы Абдулла Ариповтың 80 жыллық юбилейине бағышланған салтанатлы илаж болып ѳтти.
-Уллы талант ийеси Абдулла Ариповтың бийтәкирар дѳретиўшилиги терең миллий руўхы ҳәм ѳмиршеңлиги менен ѳзбек әдебияты ғәзийнесинен мүнәсип орын алған кѳркем сѳз шебери болып есапланады, деген пикирлер менен басланған руўхый-ағартыўшылық илажды университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С. Алаўатдинов ѳзиниң кирис сѳзи менен ашып берди.

Илаж даўамында шығып сѳйлеўшилер тәрепинен шайырдың дѳретиўшилик жолына жоқары баҳа берилди.
Шайыр ѳзиниң мазмуны терең, кѳркемлик дәрежеси жоқары шығармаларында ана Ўатанымыз ҳәм халқымызға, әзелий қәдириятларымызға меҳир ҳәм садықлық туйғысын шексиз шеберлик пенен жеткерип береди. Сонлықтан да шайыр қосықлары жасларымыз ушын тәрбия мектеби хызметин атқарады.
Абдулла Арипов ғәрезсиз Ўатанымыз—Ѳзбекстан Республикасы мәмлекетлик гимниниң авторы сыпатында халқымыздың қәлбинен терең орын ийеледи.
Әсиресе, ғәрезсизлик жылларында Ўатанымыз азатлығын, халқымыздың еркин ҳәм абадан турмысын, миллий мақтаныш, инсан қәдир-қымбатын улығлаўшы, сондай-ақ, заманласларымыздың инсаныйлық пазыйлетлери ҳәм пидайы мийнетлерин сѳз етиўши қунлы шығармалары менен пүткил халкымыздың қәлбине руўхый азық бере алды.

Уллы сѳз шебери Абдулла Ариповтың дѳретиўшилиги жасларымыз ушын руўхый азық беретуғын, инсан қәдир-қымбатын улығлайтуғын, ҳәр бир инсанды жақсылыққа шақыратуғын бийбаҳа ғәзийне екенлиги шығып сѳйлеўшилер тәрепинен атап ѳтилди.
Әдебиятқа меҳри бәлент жасларымыз шайыр шығармаларынан үзиндилер келтирип, кѳркемлеп оқып берди.

Мазмунға бай болып ѳткен байрам илажына университетимиздиң ѳзбек филологиясы факультетиниң студент жаслары белсене қатнасты.
ҚМУ Баспасѳз хызмети.