Бердақ атындығы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети Экономика факультети студент қызлары менен №2, 3 студентлер турар жайында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳǝм ҳалық саламатлығын беккемлеў жылы» мүнǝсибети менен студент қызлар арасында жаслардын бос ўақытларын мазмунлы ѳткериў мақсетинде «Бәҳәр маликасы » танлаўы ѳткерилди.
Танлаўға усы жатақханада туратуғын студент қызлар қатнасты.
Танлаў тѳрт шǝрттен ибарат болып, қызлар биринши сǝлемнама шǝртинде ѳзлерин косық қатарлары менен таныстырды. Сораў-жуўап шǝртинде де ѳзлериниң талапшаң, билимли екенлигин жǝне бир мǝрте кѳрсете билди. Ҳǝр бир қыз келешекте ана, үй бийкеси, сонын ушын қызларымыз үшинши шǝртте бǝҳǝр салатын таярлап, шеберликлерин кѳрсетти. Акырғы шǝрт еркин тема болып, қызлар аяқ ойын, қосық, хǝтте, шет тилинде де қосықлар айтты.
Таңлаўды факультетимиз профессор оқытыўшыларынан қуралған тѳреши ағзалары ǝдиллик менен баҳалап барды.
Таңлаў жуўмағында экономика бағдары студенти Удебаева Арезжемал 1- орынды ийелеўге миясар болды. Калған қатнасыўшы қызларымыз «Ең епшил қыз», «Ең шаққан қыз» ҳǝм «Ең ийбели қыз» номинацияларын алды. Таңлаў жуўмағында қызларымызға факультет деканаты тǝрепинен шѳлкемлестирилген баҳалы саўғалар ҳǝм ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.


Факультет ҳаял-кызлар кеңеси баслығы
Маденова Элмира.