Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилейди. Сол өзгешеликтен келип шығып айтыў мүмкин, 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы мəмлекетимиздиң тийкарғы əҳмийетли ҳуқықый ҳүжжети болып есапланады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы ушырасыў кешеси болып ѳтти.
Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов кирис сѳзи менен ашып берди.

Буннан соң Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
-Конституциямыздың турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийетин оғада жоқары екенлигин есапқа алып, заманласларымыз, әсиресе, жасларымыз қәлбинде нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық сезимин күшейттириў, олардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын асырыўда ийгиликли жумысларымызды еле де тереңирек даўам еттириўимиз лазым, деп атап ѳтти университет ректоры Конституциямыздың жаслар келешеги жолындағы әҳмийетин жоқары баҳалап.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен болып ѳткен салтанатлы ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов сѳзге шығып, Конституция бул шын мәнисинде жасларға тийисли мәмлекет сиясатының ҳуқықый таянышы есапланады. Буны жақсы сезинген ҳәм ѳзлериниң Конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, бүгинги күндеги оқыўдағы, сондай-ақ, спорттағы табыслары менен республикамыздың мақтанышы болып атырған жасларымызды үлги етип атап ѳтти.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Гүлнара Базарбаева қатнасты ҳәм шығып сѳйледи.
Конституциямыздың ҳəр бир статьясы инсан ушын, оның материаллық ҳəм руўхый талап, мүтәжликлерин, мəплерин қанаатландырыў ушын, халқымыздың гүллеп-жаснаўы ушын хызмет етеди. Инсан ҳəм пуқаралардың ҳуқық ҳəм еркинликлерин сəўлелендириў, оларға əмел етиў, тəмийинлеў ҳəм қорғаў, оларды ҳәр қандай нызамсыз араласыў яки шеклеўлерден қорғаў ўазыйпасын мəмлекетимиз өз ўазыйпасына алған.

Конституция-мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ең жоқары юридикалық күшке ийе.
Конституциямызда бүгинги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жоқары жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы нормалар белгилеп қойылған. Бул конституциялық нормалар бүгинги ҳәм ертеңги әўлад ўәкиллериниң хуқық ҳәм мәплериниң өз кѳринисин тапқанлығын көрсетеди деп тийкарғы Нызамымыздың инсан турмысында тутқан әҳмийетине айрықша тоқтап ѳтилди ушырасыў барысында.

Жасларымыз қәлбинде нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық сезимин күшейтетуғын бундай ушырасыўлар республикамыз бойлап даўам етпекте.
ҚМУ Баспасѳз хызмети.