Саламат турмыс тәризине әмел етиў бизиң ҳәр биримиздиң күнделикли ўазыйпамызға айланыўы шәрт. Ҳәр қандай жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша студент жасларымыз бенен турақлы түрде сәўбетлесиўлер алып барылады.
Халықаралық туберкулезге қарсы гүресиў күнине байланыслы кеше ѳткерилип, факультетимиздиң улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы оқытыўшылары қатнасында кең түсиник берип ѳтилди. Олардан PhD, доцент Ислам Арепбаев, ассисент (топарымыз басшысы) Айдос Жангабаев, ассистент оқытыўшы Меригул Жиенбаева ҳәм Муаззам Алланиязовалар ѳзлериниң баянатлары менен қатнасты.
Биз студент жаслар ушын әҳмийетли тәрепи сонда, сабақта алған билимлеримизди және бир мәрте беккемлеў мүмкиншилигине ийе болдық. Саламат турмыс тәризине әмел етиўи ушын ҳәр бир жаста ең дәслеп жақсы түсиник қәлиплессе, ҳәр қандай кеселликтиң алдын алған боламыз.



Саламат НЫЗАМАТДИНОВ
Биология факультети.
Топар сәрдары.