УЛЛЫЛЫҚТАН ҮЛГИ АЛЫП УЛҒАЯР ӘЎЛАД

         Бердақ атындағы Қарақалпак мәмлекетлик университетиниң Тарийх факультетинде Уллы сәркарда ҳәм әдил ҳүкимдар А.Темурдың өмир жолы ҳәм мийнетинен, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен  студент жасларға үгит нәсиятлаў жумыслары алып барылды. Үгит-нәсият жумысларын факультетимиз «Китапқумар» клубының студент жаслары ҳәм жаслар жетекшилери көтериңки түрде алып барды. Ҳәрбир топарға А.Темурдың мәмлекет басқарыўындағы мәртлик ҳәм әдилана басқарыўын, бул бойынша баспадан шыққан китаплар ҳәм мийнет еткен алымлар ҳаққында студент жасларға кең түрде мағлыўматлар берди.

Күнниң екинши ярымында «Китапқумар» клубы жаслары ҳәм жаслар жетекшилери менен биргеликте «Заковат» ойынының ақырғы финаль басқышы болып өтти. Ойында А.Темурдың өмири ҳәм мәмлекет басқарыў усыллары,  Темурийлер әўладларының илим пән ҳәм  мәденияттағы өшпес излери ҳаққында ҳәм Қарақалпақстан Республикаксы Конституциясындағы жасларға бағдарланған жеңилликлер, сондай-ақ, ҳуқықый саўатлылығын асырыў бағдарында сораўлар берилди.

 Ойын жуўмағында усы күнге шекем топлаған балл жуўмағы бойынша 2-курс философия бағдарының «Трисмегист» командасы сыйлы биринши орынды, 2-курс Тарийх бағдарының «Лидер» командасы екинши орынды, 1-курс философия бағдарының «Зейин» командасы үшинши орынды алыўға миясар болды.

Факультет жаслар жетекшиси Юсупов Нурлан

 

Пайдалы дереклер