Бәҳәр мәўсими келиўи менен тәбият оянып, әтираптың ѳзгеше түс алыўы ҳәр биримизди қуўандырады. Солай болса да ҳәр бир ѳсимликке итибар, меҳир керек. Сонлықтан да март-апрель айлары әтирапты тазлаў, жерлерди егиске таярлаў, тереклердиң бѳртик ашып шығыўы алдынан әтирапты абаданластырыў әзелден дәстүрге айланған.
Биз студент жаслар да усы дәстүрге әмел етип университетимизде шѳлкемлестирилген шембилик илажларына толық қатнасыўға, әтирапты кѳклемзарластырыўға ҳәрекет етип келмектемиз. Жақында оқыў дәргайымызда шѳлкемлестирилген бул илажда математика факультетинде оқып атырған студент жаслар » Қоршаған орталығымыздың тазалығына ѳз үлесимизди қосамыз» ураны менен ѳзлериниң белсендилигин кѳрсетти. Яғный, әмелий математика факультетиниң жигит -қызлары ѳзлерине ажыратылған аймақты тазалап, ѳсимлик ҳәм гүллердиң ертеңги күн еркин қулаш жайып шығыўы ушын имканият жаратты.


Алламбергенова Қумар
Әмелий математика,
1-«ж» рус топары.