Профессордың китабы екинши мәртебе баспадан шықты

Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Камал Мамбетовтың «Ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебияты» атлы сабақлығы екинши басылыўда баспадан шықты.

 Сабақлық көп санлы  илимге қумар студент жаслардың тилеклери тийкарында қайта баспаға усынылған еди. Топлам илимпаздың баласы Икрам Камалович Мамбетов тәрепинен таярланды. Топламға филология илимлериниң докторлары, профессор Қ.Оразымбетов ҳәм профессор  К.Алламбергеновлар пикир билдирген.

   Екинши басылыўдағы сабақлықтың өзгешелиги сонда, ол таза латын графикасында таярланған. Топлам илимпаздың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен баспадан жарық көрди. Сабақлық тек илимпаз шаңарағы ушын емес, пүткил әдебият шайдалары, илимге талпынған жаслар ушын да саўға болды.

 

Пайдалы дереклер