Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша белгилеп берилген 5 баслама тийкарында, Қурылыс факультети 1-2-3-4-курс студент-жаслары ер балалар арасында усы жылы 12-19-апрель күнлери аралығында спорттыӊ мини футбол түринен жарыс болып өтти.
Өткерилген спорт жарысына жәми 32 команда қатнасып, жарыс жуўмағында 1- орынды 4-курс қурылыс материаллары қәнигелиги, 2-орында 3-курс қурылыс материаллары қәнигелиги, 3-орынды имарат ҳәм иншаатлар қәнигелиги студент-жаслары жеңип алды.
Жарыс соӊында жеӊимпазларға факультет деканы Т.Узақов тәрепинен, диплом ҳәм факультет кубоги тапсырылды.


Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары
С.Нурниязов