ӘТИРАПЫМЫЗДЫ КӨКЛЕМЗАРЛАСТЫРЫЎҒА ПЕРЗЕНТЛИК ҮЛЕСИМИЗДИ ҚОСАМЫЗ

 Бәҳәр кирип келиўи менен әтирапымызды көклемзарластырыў ҳәм еле де абаданластырыў ис-илажлары қызғын түс алмақта.

Мине усындай илажлардан бири, кеше ғана Университетимиз Шет тиллери факультети белсенди студент жаслары қатнасыўында «Әтирапымызды абад қылайық» атамасында шембилик акциясы өткерилди. Акцияда Шет тиллери факультети студент жаслары Университетимиз аймағын абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын кеўилли түрде алып барды. Олар университет алды қыйтақ жерлерин шығындылардан тазалап, бағқа айландырыў нийетинде таза мийўе нәлшелери хәм әжайып гүллерди егип, қоршаған орталығымыз гүллеп- жаснаўына өзлериниң перзентлик үлеслерин қосты. Әлбетте, бул ҳәр бир жастың тәлим алып атырған орнына деген хүрмети, итибарының айқын сәўлеси ҳәм  ата-аналар, устазлар берип атырған тәлим-тәрбияның бир көриниси десек алжаспаймыз.

Усы орында, былай дегимиз келеди:

Шыннан да, абаданлық – кеўилден басланады!

 

Нилуфар Абдуллаева

Шет тиллери факультети студенти.

 

Пайдалы дереклер