Жаслар бәнтлигин тәмийинлеў барысында университет тәрепинен дүзилген жол картасы бойынша мәкан пуқаралар жыйынларында ушырасыўлар ѳткерилип, бунда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери үстинде пикир алысыўлар даўам етпекте.
Қурылыс факультетинде дүзилген ишси топар ағзалары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы болыўы керек” деген басламасын әмелде орынлаў ушын «Гулзар» мәкан пуқаралар жыйынында болды.
Ушырасыў даўамында исши топар ағзалары мәкан пуқаралар жыйынының демографик көрсеткишлери, халықтыӊ социаллық жағдайы, халықтыӊ бәнтлиги ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны драйвери ҳаққында мағлыўматлар менен танысып шықты. Соныӊ менен бирге келеси ўақытлары әмелге асырылатуғын жумысларды келисип алды.
Бундай әҳмийетли ўазыйпалардың жоқары оқыў орынлары менен биргеликте алып барылыўы, жасларымыздың келешеги ушын үлкен ғамхорлық болыўы менен бирге, олардың белгили бир ѳнер ийеси болып жетилисиўи ушын ҳақыйқый бағдар болып хызмет етеди.


Жаслар менен ислесиў бойынша
декан орынбасары С.Нурниязов