Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери, жәмийетлик искер, халқымыздың ардақлы перзенти, белгили тарийхшы академик С.Камаловтың жарқын келбети ҳаққында сѳз етер екенбиз, ең дәслеп оның салмақлы мийнетлеринен сѳз қозғаймыз.
Ол халқымыздың бай тарийхын үйренген ҳәм оны кең жәмийетшиликке жеткерген, Қарақалпақстан илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан, усы арқалы халқымыздың нәзерине түскен инсанлардың бири .
Өзбекстан қаҳарманы И.Юсупов С.Камалов туўралы, «Қарақалпақстандағы илимпазлардың алдыға тутар ағасы – илим докторы, академик Сабыр Камалов. Ол қарақалпақ тарийхының шым-шытырық қыйын айланысларын изертлеп, арнаўлы концепциялар ислеп шыққан, тутас халық тарийхын қәлиплестириўде өнегели өрнек көрсетип басшылық еткен, Өзбекстаннан тысқарыда да бираз еллердиң алымлар дүньясына белгили тарийхшы» деп жазады.
С. Камаловтың басып өткен өмир жолының өзи үлги аларлық үлкен тәрбиялық жол болса, ал оның халқымыз тарийхы бойынша дөреткен илимий изертлеў жумыслары халқымыздың тарийхын билиўде келешек әўладларға тағы бир тәрбиялық әҳмийетге ийе жол болып есапланады. Ол әсиресе ғәрезсизлик жыллары үлкен инта менен илимий мийнетлерин дөрете баслады. Қысқа ўақыт ишинде 10 ға шамалас мийнетин жарыққа шығарды. Солардан` «Қарақалпақстан тарийхы» (Нөкис, 1993), «Қарақалпақлар XVI-XVIII әсирдиң екинши ярымында» («Өзбекстан тарийхы», Ташкент, 1993, III-т., 291-316 б.), «Төрткүл – Қарақалпақстанның биринши пайтахты» (Нөкис, 1993), «Ерназар Алакөз – халық батыры» (Нөкис, 1993), «Вамбери қарақалпақлар туўралы» (Нөкис, 1995), «Халқы ушын шейит өлген батырым» (Нөкис, 1997), «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетлигиниң тарийхынан» (Нөкис, 2001). 1999-2000- жыллары авторлар топары қурамында Сабыр Камалович үш томлы «Өзбекстанның жаңа тарийхы» китабын жазыўға қатнасты (Ташкент, 1999-2000).
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камалов еске түсириўлеринде тарийхымыздың машқалалары ҳаққында да айта келип, академик Сабыр Камалов XVIII – XIX әсир бойынша жақсы қәниге. Ол үлкемиздеги белгили тарийхшылардың бири. Соның ушын да ол бизиң ерте дәўир тарийхымызға да үлкен дыққат аўдарыўы керек. Себеби, Сабыр Камалов тарийхтың уңқыл-шуңқылларын жақсы биледи, деп көрсеткен еди.
С.Камалов өзиниң ҳадаллығы, әлпайымлығы, мийнет сүйгишлиги менен мудамы ел-журттың ҳүрметине миясар болды, жасларға өз тәжрийбесин үйретти, устазлық етти, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасты. Илим жолында үлкен жетискенликлерге еристи. Егер ол арамызда болғанында быйыл 97 жаста болған болар еди. Ол қалдырып кеткен илимий мийрасқа миннетдар бола отырып, кѳплеген шәкиртлер атынан устаз руўҳы шад болсын деймиз.
«Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы,
тарийх илимлериниӊ кандидаты, доц. С.Сайманов