НУРЛАРҒА ТОЛЫДУР ЖОЛЫ УСТАЗДЫҢ

 

(Марҳум устазымыз профессор М.-Ш.Қдырниязовтың жарқын естелигине)

 

Илимниң жоллары жүдә кең дейди,

Билим бериў саўап иске тең дейди,

Археология шырағы ҳеште сөнбейди,

Шәкиртлериң бәлентлерге өрлейди,

Нурларға толыдур жолы устаздың.

 

Уллы жипек жолы менен жағалап,

Үстирт, Миздқахан, Пулжай аралап,

Дийўал изи менен әсте сығалап,

Гүлал ыдыс, шийше, тасты саралап,

Жаңалыққа толы жолы устаздың.

 

Компасты илимге туўра қаратып,

Қәдемлерин алға қарай нық атып,

Зыя нурын ǝлемге кеӊ таратып,

Естеликтиң сызылмасын жаратып,

Табысларға толы жолы устаздыӊ.

 

«Бери больше, кидай дальше» ураны,

Археологтыӊ бел болады қуралы,

Кең жайылған Гаўир қала сорамы,

Жол-жобалар көрсеттиңиз мудамы,

Теберикдур жолы бизге устаздың.

 

М. Толыбаев

Археология кафедрасы ассистент оқытыўшысы.

 

 

 

Пайдалы дереклер