«FREEDOM FINANCE» халықаралық финанс компаниясы қәнигелери қатнасында семинар тренинг

 

 Усы жылдыӊ 28-апрель күни Экономика факультети финанс бағдары студент жасларына «FREEDOM FINANCE» халықаралық финанс компаниясы қәнигелери Х.Молдабаев ҳәм А.Сарсенбаевлар тәрепинен семинар тренинг шөлкемлестирилди. Семинарда ҳәзирги ўақытта  финанс базарында қалай ҳәрекет етиў керек екенлиги, мәмлекетте жалпы ишки ѳним ҳәм халық дәраматларыныӊ асыўы мәмлекет тәрепинен қоллап- қуўатланып атырғанлығы ҳаққында айтып ѳтти. Қәнигелердиӊ пикирине қарағанда усы реформалар ѳз гезегинде бул жерде пул сиясатыныӊ турақласыўы, вальюта алмастырыў либералластырылыўы, мәмлекет мүлкиниӊ еркинлестирилиўин ѳз ишине алған бизнес орталығын жетилистириўге кеӊ жол ашылғанлығын айтып ѳтти. Соныӊ менен биргеликте бундай ѳзгерислердиӊ барлығы ѳз-ара уйқаслықта финанслық сервис хызметлерин провайдерлерине күшли ѳсиў мүмкиншиликлерин усыныс етеди.

Мағлыўмат ушын айтыў керек Россияныӊ “Freedom Finance” компаниясы АҚШтыӊ “Freedom Holdings” холдинги қурамына кирип, брокерлик, диллерлик ҳәм депозиторлық искерлигин жүргизеди. Оныӊ тийкарғы жумыс бағдары Америка, соныӊ менен бирге Россия ҳәм Қазақстан фонд базарлары болып табылады. Усы бренд Москва, Санкт-Петербург, Қазақстан, АҚШтыӊ “NYSE”, “NASDAQ”, “CBOE”, “CME”, “AMEX”сыяқлы биржаларына, “LSE” “Euronext” сыяқлы Европа фонды майданларына шығыў мүмкиншиликлерин усыныс етеди.

Семинар барысында студент жаслар ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.Тараў қәнигелери бундай ушрасыўлардыӊ буннан былайда кѳбирек болыўы тәрепдары екенлигин атап ѳтти.

 

 

Пайдалы дереклер