Университет профессор-оқытыўшылары Әмиӯдәрья районындағы «Күйик көпир» АПЖда

Жоқары оқыӯ орынларының профессор – оқытыўшылары мәҳәллелерде болып, бурын  итибар қарата бермейтуғын әҳмийетли машқалаларды үйренип шықпақта. Бул болса өз гезегинде жәмлеспеген жаслардың ӯақтын бийкар өткермей, оларды  қандай да бир кәсипке бағдарлаӯда қоллап-қуӯатлаӯ болмақта. 

 

    Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиӊ 2021жыл, 13- апрельдеги «Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы  шөлкемлестириў ис-иләжлары»на бағышланған видеоселектор мәжилисинде жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға кеӊ шараятлар жаратыў ҳәм «жоқары оқыў орынлары мәҳәллелер ушын руўхыйлық ҳәм мәденият ошағы» болыўы кереклигин айтып, Жоқары оқыӯ орынлары алдына қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

 Президентимиздиң бул мәселе бойынша берген көрсетпелерин әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ «Жол карта»сы ислеп шығылды, университет профессор – оқытыўшылары район ҳәм қала мәҳәллелерине бириктирилди. 

 

ҚМУ шет тиллер факультетиниӊ рус тили ҳәм әдебияты кафедрасыныӊ баслығы У.К.Худайбергенова  ҳәм профессор – оқытыўшылары Ш.М Турсынмуратов, С.Т Машариповалар усы жылдыӊ 29-апрель күни Әмиӯдәрья районы «Күйик көпир» АПЖда болып, аўыл жасларыныӊ турмысы менен жақыннан танысып келди.

 «Күйик көпир» АПЖ ақсакалы Тамара Каримова менен сәўбет алып барылды. Ол  мәҳәлледе 4908 пуқаралар жасайды, солардыӊ  1283и жасларды қурайды ҳәм 187си «жаслар дәптери»не дизимге алынған. Кем тәмийнленген шаӊарақтыӊ перзентлери, бағыўшысын жоғалтқан, шын жетим ул-қызларға материаллық жақтан жәрдем берилип атырғанлығын айтып өтти. Сондай-ақ  армияға шақырылған ҳәм 1 айлыққа шәртнама дүзген 15 баланыӊ үшеўине, «Күйик көпир»ден Даўлетбаев Сардарға контракт қәрежетин төлеп бериў мәселеси қаралып атырғанлығын айтып өтти.

Профессор-оқытыўшыларымыз АПЖ турғынлары, мәҳәллениӊ жаслары менен ислесиў, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша қәнигелери, инспекторы, әскерий есап бөлими хызметкерлерин университет тәрепинен ислеп шыгылған «Жол карта»сы менен таныстырып, бирге ислесиў бойынша келеси ўазыйпаларды белгилеп алды. 

 

Пайдалы дереклер