Қарақалпақстан тарийхы илиминде илимий мийрас қалдырған инсан

Илимде из қалдырған инсанлардың салмақлы мийнетлерин келешек әӯладқа үгит-нәсиятлаӯ инсаныйлық парызымыз есапланады. Илим дүньясында өзиниң пидайылығы менен из қалдырған Қыпшақбай Аметовтың үлгили өмир жолынан сөз ашыӯды мақул көрдик.

Мен 80-жылларда Қыпшақбай аға менен азғана ўақыт бирге ислескен едим. Бул инсан илим жолындағы басынан кеширген қыйыншылықларды  еске түсирип, гүрриң етип айтып беретуғын еди. Сонда бир айтқаны;-«Тарийхты жазыў ҳәмме ўақыт сиясат пенен байланысады. Мен диссертациялық жумысымды жазып болып, қорғайман дегенше еки рет бурынғы аўқам басшылары өзгерди» бул жағдай илим менен шуғылланыўшыларға айтарлықтай тәсир жасады» -деп еске түсиретуғын еди.

Қыпшақбай Аметов Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы  7-аўыл кеӊесинде 1930-жылы 20-июнда дийқан шаӊарағында туўылған.

Қарақалпақстан АССР ҳүкимети қарары менен 1940-жылы Мойнақ районынан барлық дийқан хожалықлары Қоӊырат районына  ҳәзирги «Қанлыкөл» районы «Киндик өзек» дийқан фермер хожалығына көширип, Қ.Аметовтыӊ шаӊарағы да усы жерге мәкан басады.

Солай етип, Қыпшақбай Аметов Қоӊырат районы 7-аўыл кеӊесиндеги «Қызыл әскер» мектебиниӊ 8-классынан 1944-жылы март айында Хожели педагогикалық училищесиниӊ муғаллимлерди таярлаў курсына  6 айлық оқыўға жиберилип, оны сол жылы табыслы тамамлады.

Курсты тамамлағаннан кейин Қарақалпақстан АССР Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Қонырат районына (ҳәзирги Қанлыкөл районы аймағында) баслаўыш класс мектеп муғаллими етип жумысқа жибериледи ҳәм ол жерде 1945-жылдыӊ сентябрь айына шекем жемисли мийнет етеди.

Қ.Аметов 1945-жылы сентябрь айында Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының  Тарийх факультетине оқыўға қабылланып, усы жоқары оқыў орнын 1949-жылы табыслы питкерип шықты.

Институтты табыслы тамамлағаннан кейин Қарақалпақстан АССР Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усы институтқа  бурынғы СССР тарийхы кафедрасына оқытыўшы етип жумысқа жибериледи.

Қ.Аметовтыӊ илимий дөретиўшилик хызмети 1950-жылы бурынғы СССР Илимлер Академиясыныӊ Шығыстаныў институты аспирантурасына оқыўға қабыл етилген ўақыттан басланады.  Аспирантураныӊ теориялық курсын тамамлап, кандидатлық диссертациясы үстинде илимий-изертлеўлер алып барды.

1955-жылы аспирантура мүддетиниӊ тамамланыўы менен Өзбекстан Илимлер Академиясы Президиумы қарары менен Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты Тарийх кафедрасына жумысқа жиберилди.       1955-жыл сентябрь айынан баслап аға оқытыўшы лаўазымында, ал 1959-жылы Тарийх кафедрасы баслығы болып ислейди. 1960-жылы Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының Н.Дәўқараев атындағы Тарийх тил ҳәм әдебият институтының  «Совет дәўири тарийхы» секторында үлкен илимий хызметкер болып мийнет жолын даўам еттирди.

Қ.Аметов 1967-жылы «Аграрная политика Советской власти в Каракалпакии» атамасындағы кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап шығып, Тарийх илимлери кандидаты илимий дәрежесин алыўға миясар болды. Ал, 1971-жылы болса, «үлкен илимий хызметкер» илимий атағын алыўға еристи.  Илимий-изертлеў жумысларына байланыслы «Аграрная политика Советской власти в Каракалпаки» Нукус, Изд. «Каракалпакстан»,1972. Монографиясын республикалық ҳәм шет ел журналларында илимий мақалаларын ҳәм тезислерин баспадан шығарды.

      Қ. Аметов республикамызда тарийх илимин раўажландырыўға үлес қосыў менен бирге, республикалық билим жәмийетиниң ең белсенди үгит-нәсиятлаўшысы сыпатында тарийх илими ҳәм Халықаралық қатнасықлар бойынша ең алдынғы оратор сыпатында илимий-ағартыўшылық хызмети менен көзге түсти.

Қ.Аметов мәмлекетлик ҳәм жоқары оқыў орынларындағы көп жыллық жемисли мийнетлери, елимиздиӊ раўажланыўы, халқымыздыӊ сиясий, мәнаўий санасын ҳәм абаданшылығын көтериўге қосқан үлеси ушын 1979-жылы «Қарақалпақстан АССРына мийнети сиӊген мәденият хызметкери» Ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Ол 1982-жылдан өмириниӊ ақырына шекем (1992-жыл) Нөкис мәмлекетлик университети Тарийх кафедрасында доцент лаўазымында тарийхшы кәнигелерди таярлаўда жемисли мийнет етти. Бүгинги күни Қ.Аметов илимий дөретиўшилик ҳәм устазлық хызмети Қарақалпақстан тарийхы илиминде өшпес илимий мийрас болып қалады. Ал оның устазлық хызмети бүгинги тарийхшы кәнигелеримиздиң ядында мәңги сақланады.

 

ҚМУ «Археология» кафедрасы доценти   Ж. Айтмуратов

 

Пайдалы дереклер