9-май «Еслеў ҳәм Қәдирлеў» күни мүнәсибети менен Архитектура факультети 1-курс студент жаслары Аман Арзыевтыӊ басшылығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дүзилген «Репрессия қурбанларын еслеў» мўзейине саяхат шөлкемлестирилди.
Студент-жасларымызға мўзейдиӊ шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсети ҳаққында, Ўатанымыз раўажланыўы, халқымыздыӊ азатлығы, еркинлиги, клешек әўладтыӊ тыныш ҳәм параўан турмыс кешириўин тәмийинлеў жолында мәртлерше гүрес алып барып әзиз жанларын пида еткен, колониялық дәўиринде қурбан болған бабаларымыздыӊ естелигин мәнгилестириў олардыӊ өмири ҳаққында музей хызметкерлери тәрепинен толық мағлыўматлар менен түсиндирилип өтилди.
факультет жаслар аўқамы жетекшиси Х.Өтегенов





