Волейбол бойынша жарыс жеңимпазалары

Бүгинги күнде Президентимиз Ш.Мирзиётың басламасы менен халқымыздың ден саўлығын беккемлеў, Жоқары оқыў орынларында студент жаслар, профессор-окытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм спортты еледе ен жайдырыў мақсетинде спорттың барлық түрлери бойынша спорт жарыслары өткерилип келинбекте.  

Усындай жарыслардың бири усы жылдың апрель айының 27-сәнесинен баслап үш қун даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлери ҳаял профессор-окытыўшылары қатнасыўында спорттың Волейбол түри бойынша “Дослық спартакиадасы” спорт жарыслары болып өтти. Жылдың басынан берли жеңисти қолдан бермей киятырған шет тиллери факультети командасы бул спартакиада жарысында жеңиске ерисип 1-орынды ийелеп, Университет студентлер спорт ассоциасының медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Команда ағзалары болған ҳаял профессор-окытыўшыларды ерискен жеңиси менен факультет жәмәәти атынан қутлықлаймыз.

Университетимизде спорт жарысларын тез-тезден шөлкемлестирип атырған университет ректораты, ҳаял-қызлар шөлкеми,  кәсиплик аўкамы ҳәм спорт ассосациясына шексиз миннетдармыз.

 

Шет тиллери факультети деканаты хызметкери – Р.Жаксымова

Пайдалы дереклер