ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕР ДАЎАМ ЕТТИРИЛМЕКТЕ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультети судент-жслары мүбәрек Рамазан айында жәрдемге мүтәж адамларға сабақлардан бос ўақытларында жәрдем бериўдей ийгиликли жумысларын даўам еттирмекте.

30-апрель күни Биология факультети Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ж.Муйнакбаев, Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы профессор-оқытыўшысы б.и.ф.д. И.Арепбаев, факультет Жаслар аўқамы жетекшиси А.Эрматов ҳәм Факультет белсенди жаслары, пайтахтымызда жайласқан «Ѳрнек» МПЖ  «Қутлы ел» кѳшеси 6-жайда жасаўшы бағыўшысын жоғалтқан «Ҳаяллар даптери»нде дизимде турған А.Асанованың шанарағында үй алды қыйтақ жерин аўдарып, егисликке таяр ҳалына келтирди.

Ѳз гезегинде А.Асанова усындай кѳрсетилип атырған ғамқорлықлар ушын университет ҳәм факультет жәмәәтине ѳз миннетдаршылығын билдирди.

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,

Биология факультет жаслар менен ислесиу бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер