Тәлимди тәрбиядан, тәрбияны тәлимнен ажыратып болмайды дегениндей, ҳәзирги ўақытта ҳүкиметимиз тәрепинен жаслардың билим алыўы ҳәм тәлим –тәрбиясы тараўына қаратылған итибар күшейген. Буның айқын дәлийли сыпатында, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бантлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисин өткерди. Бунда Презизентимиз “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм маденият ошағы” болыўы керек деп атап өткен еди. Сол видеоселекторда көрип шығылған мәселелерди аўыллық жерлерде жасаўшы жасларға ең жайдырыў мақсетинде Химия-технология факультетинде дүзилген исши топар қурамы Тахтакөпир районы аўыл пухаралар жыйынында болды.
Тахтакөпир районының “Тахтакөпир” АПЖ да Химиялық технология кафедрасы профессор-оқытыўшылары А.Садикова, М.Адилхановалар өзлериниң таярлап келген баянатлары менен таныстырып өтти. Бунда А.Садикова жаслардың бос ўақытларын, үнемли пайдаланыў, дөгереклерге қамтыў, жаслардың өнерли болыуы ҳаққында өз пикирлерин билдирип өтти.
Усы кафедра профессор-оқытыўшыларынан Н.Сипатдинов, Г.Қурбанбаева ҳәм А.Туремуратовалар «Тахтакөпир” ШПЖда болды. Мәҳәллелерде миллий идеяны үгит-нәсиятлаў ҳәм жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўма инсанийлық қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў илажлары бойынша айтып өтти. Ушырасыў жуўмағында бәрше жаслар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.
Химия-технология факультети 3-курс студенти
Жугинисов Бердақ



