Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бантлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисинде “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм маденият ошағы» болыў керек деген басламасын әмелге асырыў мақсетинде Химия-технология факультети Органикалық ҳәм органикалық емес химия ҳәм физикалық ҳәм коллоидлық химия кафедралары профессор-оқытыўшылары Тахтакөпир районында болды.
Тахтакөпир районы руўхыйлық ҳәм жаслар менен ислесиў бойынша ҳәким орынбасары Н.Азбергенов тәрепинен күтип алынды.
Тахтакөпир районы «Маржанкол» МПЖ, «Ўзбекистон» МПЖ, «Мулк» АПЖ, «Қоструба» МПЖ ҳәм «Даўытсай» МПЖ баслықлары менен ушырасып, мәҳәллелерде миллий идеяны үгит-нәсиятлаў ҳәм жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў илажларын шөлкемлестириў, жаслардың ҳуқықый мәдениятын асырыў, олар тәрепинен ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлар жүз бериўиниң алдын алыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды кәсипке бағдарлаў, дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм жасларды дене тәрбия ҳәм спортқа кеңнен бириктириў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелери бойынша ҳәр бир МПЖ жасларына түсиник бериў ушын график ислеп шығылды.
Ушырасыў жуўмағында МПЖ баслықлары өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.
Химия-технология факультети 2-курс студенти
Рахманова Зульфия

