Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиниң «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедрасы Нѳкис қаласындағы «ϴрнек» МПЖ аймағында бир қатар жумысларды алып барды.
Биология факультети студентлери «ϴрнек» МПЖ да болып, абаданластырыӯ ҳәм көклемзарластырыӯ жумысларына белсене қатнасты.
Сол аймақтағы И. Каримов гүзары, 41-үйде жасаўшы, I группа майыплығы болған пуқара Ж. Рийембергеновтиң егислик қыйтақ жерлерин факультетимиз белсенди студентлери абаданластырды. Студент жасларды қоллап-қуӯатлап, оларды усындай саӯаплы ислерге бағдарлаӯда «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедрасы ассистенти Б. Рейпназаров, С. Тѳрениязовалар басшылық етти.
Жасларымызды меҳир-мүриӯбетли болыӯға тәрбиялаӯ арқалы инсаныйлық пазыйлетлерге тәрбиялап барамыз.


«Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» ассистенти Б. Рейпназаров