Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туӯылған күн мүнәсибети менен «Тил, мәденият ҳәм дөретиӯшилик: заманагөй билимлендириӯде жаслар тәрбиясы мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Уллы көркем сөз шебери Ибрайым Юсупов дүньяға келген бул қутлы сәнеде университет профессор оқытыӯшылары, республикамыз зиялылары Нөкис қаласындағы Шорша қәбирстанында шайырдың қәбирин зиярат етип, гүл шеңберлерин қойды.


Буннан соң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент мектеби, дөретиӯшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раӯажландырыӯ агентлигине қараслы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиӯшилик мектебине барды.


Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ашық майданында сүйикли шайырымыздың бийбаҳа мийрасын еледе терең улығлаӯға қаратылған илимий-теориялық конференция менен даӯам етти.
«Тил, мәденият ҳәм дөретиӯшилик: заманагөй билимлендириӯде жаслар тәрбиясы мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференцияның ашылыӯ салтанатын университет ректоры, профессор Ахмед Реймов кирис сөзи менен ашып берди.

-Қарақалпақ поэзиясының байтереги Ибрайым Юсупов әсирлер өткен сайын халқымыздың миллий мақтанышына айланып, келешек әӯладқа руӯхый азық инам ететуғын сарқылмас булақ болыӯы менен бирге бийбаҳа ғәзийне десек орынлы. Қарақалпақ халқының ардақлы перзенти, уллы сөз зергери Ибрайым Юсуповтың арамыздан кеткенине он жылдан аслам ӯақыт болса да, ол бизиң арамызда еле жасап атыр ҳәм мәңгиге жасайды.
Солай екен, уллы талант ийесиниң қаҳарманлыққа толы өмир жолын улығлаӯға қаратылған бүгинги республикалық илимий-теориялық конференциямыздың әҳмийетин жоқары баҳалаймыз, деп атап өтти университет ректоры өз сөзинде.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Қ. Оразымбетов Ибрайым Юсупов лирикасының көркемлиги атамасындағы баянатында шайыр поэзиясына жәмленген көркем сөз қүдиретлилигине кеңнен тоқтап өтти.
Ташкент химия-технология институты проректоры Қ.Пӯлатов қатнасты ҳәм сөзге шықты. Ол өз сөзинде, Ибрайым Юсуповтың қаҳарманлық өмир жолын жасларға үлги етип, руӯхый жақтан тәрбиялаӯдағы әҳмийетин жоқары баҳалап өтти.
Соның менен бирге Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти Қ.Пахратдинов Ибрайым Юсупов сөз шебери атамасындағы баянаты менен қатнасты.
Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы К.Каримов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры Б.Абдикамалов, «Әмиӯдәрья» журналының бас редакторы Х. Дәӯлетназаровлар сөзге шығып, халқымыздың миллий мақтанышына айланған уллы сөз шебериниң бийбаҳа мийраслары менен уллы адамгершилик пазыйлетине жоқары баҳа берип өтти.
Сүйикли шайырымыздың туӯылған күн мүнәсибети менен хәр бир инсан қәлбинде шайырдың бийбаҳа сөз маржанлары қайта жаңлайды, кеӯиллерге руӯхый күш бағышлайды деп атап өтти шығып сөйлеӯшилер.



Буннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының симфониялық оркестри тәрепинен таярланған «Поэзия жулдызы» атлы әдебий-музыкалы концерт бағдарламасы менен даӯам етти.
ҚМУ Баспасөз хызмети