Алтай мәмлекетлик университетиниң профессоры менен болған ушырасыӯда әҳмийетли мәселелер сөз етилди

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Алтай мәмлекетлик университетиниң профессоры Татьяна Валентиновна Скубневская менен ушырасыӯ болып өтти.

Ушырасыӯда университеттиң илимий ислер бойынша проректоры И.Турдымамбетов ҳәм халықаралық байланыс ислери бойынша проректоры А.Алымовлар қатнасты.

Университеттиң илимий ислер бойынша проректоры И.Турдымамбетов бул еки жоқары оқыӯ орынларының бирге ислесиӯлерин жоқары баҳалап, университет жәмәәти бундай жақсы басламаларды қоллап-қуӯатлап, бирге ислесиӯге таяр екенлигин билдирди.

         Өз гезегинде Алтай мәмлекетлик университети профессоры Татьяна Валентиновна Скубневская сөзге шығып, оқыӯ ҳәм илимий жумыслар бойынша бирге ислесиӯ бағдарындағы мәселелерге унамлы көз- қарасын билдирди.

Ушырасыӯ даӯамында  илимди раӯажландырыӯ жолында еки жоқары оқыӯ орынларының бирге ислесиӯин жолға қойыӯ,  қоспа билимлендириӯ жойбарын әмелге асырыӯ бағдарында пикир алысты.

Мағлыӯмат ушын келтирип өтсек, Алтай мәмлекетлик университети (Алт ГУ) Жоқары оқыӯ орны Россия Федерациясының Алтай үлкесинде жайласқан. Ол 1973-жылы дүзилген.

2017-жылы технологиялық ҳәм социаллық раӯажланыӯ инновациялық орай болып мойынланған. Университетте 84 қәнигелик бағдарында оқыӯ алып барылады. Алтай мәмлекетлик университети ири илимий комплекс болып, 3 илимий изертлеӯ институты қурамына кирген. Сондай-ақ, дүньялық «ТОП-1000» қа кирген университет болып есапланады. Демек, усындай жоқары көрсеткишлерге ийе жоқары оқыӯ орны менен билимлендириӯ ҳәм илимий изертлеӯ жумыслары бойынша бирге ислесиӯ Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор оқытыӯшылары менен студентлери ушын жақсы нәтийжелерге тийкар жаратары сөзсиз.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер